Социаллық тармақлардағы мүрәжат бойынша

Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик салық басқармасы жергиликли ҳәкимият, ҳуқық қорғаў уйымлары, санитария-эпидемиологиялық бақлаў орайы ҳәмде тийисли ўәкилликли уйымлар менен биргеликте базар ҳәм базар аймағынан тысқары белгиленбеген орынларда саўда-сатық ислерин әмелге асырып киятырған пуқаралар менен саўда-сатық ислерин нызам ҳүжжетлеринде белгилеп берилген тәртип-қағыйдалар тийкарында әмелге асырыўы тийис екенлиги бойынша ҳәр ай даўамында күнделикли түрде профилактикалық түсиндириў жумыслары алып барылмақта.
Деген менен алып барылып атырған түсиндириў жумысларына қарамастан айырым “исбилерменлер” тәрепинен санитария-гигиеналық қағыйдаларына әмел етпестен, соның менен бирге жер асты жолы арқалы ɵтиўши жолаўшыларға қолайсызлықлар туўдырып саўда-сатық ислери менен шуғылланыўшы пуқаралар ушыраспақта. Ҳүрметли “исбилерменлер”ден саўда-сатық ислерин нызамшылыққа тийкарланған ҳалда тийисли орынларда ҳәм тәртиплерде алып барыўын сораймыз.
Мүрәжатта көрсетген ҳалат бойынша тийисли ўәкилликли уйымлар менен биргеликте қадағалаў жумыслары даўам еттиретуғынлығын мәлим етемиз.

Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик салық басқармасы