Мәмлекетлик салық ҳәм бажыхана тараўында коррупцияға қарсы гүресиў мәселелерине арналған семинар болып өтти

Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасы имаратында тараўларда коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм бул иллеттиң алдын алыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларға арналған семинар болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитети баслығы З.Реймова ҳәм Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша аймақлық Кеңес ағзалары қатнасты.

Семинарда Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы тәрепинен атап өтилген мәселелер бойынша әмелге асырылған жумыслар додаланды.

Бул тараўларда коррупцияға қарсы гүресиў, оның алдын алыў бағдарында бир қанша унамлы жумыслар әмелге асырылып атырған болып, коррупцияға жол қойылыўы мүмкин болған жөнелислердиң бири болған жумысқа кириў процесси де толық түрде ашықлық принциплерине тийкарланғанлығы атап өтилди.

Соның менен бирге, салық ҳәм бажыхана уйымлары хызметкерлериниң коррупция иллетине қол урыўының алдын алыў, оларда коррупцияға қарсы саламат пикирди қәлиплестириў мақсетинде профилактиакалық жумыслар системалы түрде әмелге асырылып атырғанлығы билдирилди.

Мағлыўмат орнында айтыў керек, усы еки тараўда ишки қәўипсизлик «комплаенс қадағалаў» системасы жумысы жолға қойылған. Хызметкерлердиң жумысын үйрениў ҳәм анализ етиў ушын «комлаенс қадағалаў» системасы арқалы қупыялық тексериўлер әмелге асырылып, олардың нәтийжесине муўапық бажыхана тараўында 13 хызметкерге жаза шаралары қолланылған.

Семинарда усы сыяқлы унамсыз жағдайларды болдырмаў, тараўдың ашық-айдынлығын тәмийинлеў, коррупция иллетине қарсы гүресиў илажларын күшейтиў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.