Хожелиде кең көлемли абаданластырыў жумыслары басланды

Алдынрақ Президентимиз тапсырмасына муўапық Хожели районын социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм инвестициялық потенциалын арттырыў мәселелерине Ɵзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети баслығы жуўапкер етип бириктирилип, Хожелиде МСК баслығының арнаўлы штабы дүзилгенлиги ҳаққында хабар берген едик.

Ҳәзирде бул штаб тәрепинен орынларға шыққан ҳалда пуқаралардың машқалалары үйренилип, оларға тезлик пенен шешим табыў илажлары көрилмекте.

Атап айтқанда, “Қумжыққын” аўыл пуқаралар жыйынының “Нурымбет” аўылындағы жарамсыз жағдайға келип қалған электр трансформаторы жаңасына алмастырылып, аўылда үзликсиз электр тәмийнатына кепиллик берилди.

“Күннуры” аўыл пуқаралар жыйынындағы жаңадан қурылған пуқаралар турақ жайлары ушын да жаңа трансформатор ҳәм электр сым ағашлары орнатылып, барлық шаңарақлар электр тәмийнатына жалғанды.

“Қулап” аўыл пуқаралар жыйыны аймағында орта басымлы газ трубасындағы насазлықлар сапластырылып, қайта оңланыўы нәтийжесинде бул аймақтағы аўыллар турғынлары шаңарақларында газ жана баслады.

Сондай-ақ, Хожели районы орайында да кең көлемли абаданластырыў жумыслары басланып кетти. Орайлық көшелер тазаланып, ишки жолларда оңлаў жумыслары алып барылмақта.

Арнаўлы штаб тәрепинен районды экономикалық тәрептен раўажландырыў, жаңа ислеп шығарыў кәрханаларын шөлкемлестириў ҳәм социаллық объектлерди қурыў бойынша жойбарларды әмелге асырыў режелестирилген.