ҚҚСныӊ артықша төленген суммасын қайтарыў бойынша “ҚҚСын қайтарыў бот” арқалы арза бердим, кейинги процессти түсиндирип берсеӊиз?

Усы жылдыӊ 14-августында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ «Қосымша қун салығы ҳәм шет ел юридикалық шахслары менен байланыслы салық ҳәкимшилигин жетилистириў ҳаққында»ғы 489-санлы қарары қабыл етилди.

 

📃Ҳүжжет пенен “Қосымша қун салығы суммасы орнын қаплаў тәртиби ҳаққында Нызам” тастыйықланды. Оған муўапық ҚҚС суммасы орнын қаплаўдыӊ жаӊа шәртлери ҳәм тәртиби белгиленди👉

 

 

ҚҚС суммасы орнын қаплаў мәселеси салық төлеўши есапқа алынған аймақтағы мәмлекетлик

салық басқармасы тәрепинен, ири салық төлеўшилер болса Ири салық төлеўшилер бойынша

аймақлараралық мәмлекетлик салық инспекциясы тарепинен көрип шығылады ҳәм қарар қабыл

етиледи.

 

 

Салық оргнаныныӊ ҚҚС суммасын қайтарыў ҳаққындағы қарары тийкарында ҚҚСын қаплаў

процеси 2 усылда әмелге асырылады: 7 күннен кешиктирмей (тезлестирилген тәртип) – ири салық

төлеўшилер, дипломатиялық ўәкилликханалар, банк кепиллигине ийе шахсларға, экспортшы

кәрханаларға, өнимниӊ бөлистирилиўине байланыслы келисим қатнасыўшыларына («0» ставка)

ҳәм салық мониторинги қатнасыўшыларына; 60 күннен кешиктирмей (улыўма тәртип) – басқа

кәрханаларға.