Салық уйымлары тәрепинен Төрткүл районында өткерилген көшпели салық тексериўлери даўамында исбилерменге тийисли саўда дүканының қоймаханасында жарамлылық мүддети өткен, баҳасы 72,5 миллион сумлық алкоголь, 129 миллион сумлық азық-аўқат өнимлери сақланып турғаны анықланды.

– Атап айтқанда, жарамлылық мүддети өткен 10789 дана, баҳасы 66,6 миллион сумлық пиво өнимлери, жарамлылық мүддети өткен ҳәм маркировкаланбаған 638 дана, улыўма баҳасы 5,9 миллион сумлық вино ҳәм коньяк өнимлери, 17067 дана 129 миллион сумлық жарамлылық мүддети өткен азық-аўқат (майонез) өнимлери сақланып турғаны анықланды,-дейди Салық басқармасының жәмийетшилик пенен байланыслар секторының бас инспекторы Д.Айымбетова.
Жоқарыда көрсетилген жағдайлар бойынша тийисли ҳүжжетлер рәсмийлестирилип, олар Қарақалпақстан Республикасы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы басқармасына жиберилди.
Қарақалпақстан хабар агентиги.



