Қарақалпақстанда бүгинги күнге шекем 64 кәрханаға ҚҚС суммасы орны қаплап берилди

Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик салық басқармасы мәжилислер залында исбилерменлик субъектлерине Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ усы жылдыӊ 14-август сәнесиндеги 489-санлы қарары менен тастыйықланған «Қосымша қун салығы суммасы орнын қаплаў тәртиби ҳаққында»ғы реже талаплары ҳаққында кеӊнен түсиник бериў мақсетинде семинар тренинг болып өтти.

 

Семинарда республикамыз аймағында экспорт пенен шуғылланатуғын қосымша қун салығын төлеўши юридикалық шахсларға ҚҚС суммасы орнын қаплаў (қайтарыў) шәртлери ҳәм тәртиплериниӊ әпиўайыластырылғанлығы, қолайлылықлары ҳәм абзаллықлары ҳаққында тараў қәнигелери тәрепинен түсиниклер берилди.     

 

Исбилерменлик субъектлерине соныӊ менен бирге қосымша қун салығы төлеўшилери тәрепинен салық органларына арзаныӊ қандай тәртипте усынылыўы, арзаға қосымша усынатуғын кестелердиӊ дурыс толтырылыўы ҳәм олардыӊ көрип шығылыў мүддетлери ҳаққында да көргизбели қураллар жәрдеминде басқышпа-басқыш түсиндирилди.

     

 Мағлыўмат орнында, Қарақалпақстан Республикасы аймағында август айынан бүгинги күнге шекем 64 кәрханаға 38,5 млрд.сум қосымша қун салығы орны қаплап берилип, соннан экспорт қылыўшы 21 кәрханаға 24,9 млрд.сум ҚҚС суммасы есап бетине кайтарып берилиўи тәмийинленди. 

 

ҚР МСБ Баспасөз хызмети