2020-жыл 16-ноябрь
2020-жыл ушын:
аўыл хожалығы кәрханалары тәрепинен суў ресурсларынан пайдаланғанлығы ушын салық бойынша салық есабатын суўдан пайдаланыў ямаса суўды тутыныў орнындағы мәмлекетлик салық хызмети органларына тапсырыўдыӊ ақырғы күни
(Салық кодексиниӊ 447-статьясы үшинши бөлими);
ноябрь айы ушын:
есапланған ҳәм әмелде төленген дәраматлар суммалары ҳәм физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығыныӊ услап қалынған суммалары ҳаққындағы мағлыўматларды тапсырыў, сондай-ақ социаллық салық есабын тапсырыў ҳәм төлеўдиӊ ақырғы күни
(Салық кодексиниӊ 389-статьясы биринши бөлими, 407-статьясы төртинши ҳәм бесинши бөлимлери);
👩🦼👩🏻🦯мийнетте майыпланыў ҳәм кәсип кеселлиги ақыбетинде тайынланған бағыўшысын жойтқанлық ҳәм нәгиранлық пенсиялары бойынша әмелге асырылыған қәрежетлер ҳаққындағы мағлыўматларды Пенсия қоры район (қала) бөлими есапта турған орны бойынша мәмлекетлик салық хызмети органларына жеткериўдиӊ ақырғы күни
(Әдиллик Министрлиги дизим саны 2836, 2016-жыл 3-ноябрь, 16-бәнти).



