Салықларды төлеў мүддетлери қалай кешиктириледи?

Министрлер Кабинетиниӊ усы жылдыӊ 11-декабрь сәнесиндеги «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты органлары тәрепинен салық төлеўшилердиӊ салық төлеў мүддетлерин өзгертиў тәртиби ҳаққындағы нызамды тастыйықлаў ҳаққында»ғы 776-санлы қарары қабыл етилди.

 

Қарар менен қабыл етилген Нызамда жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият органлары тәрепинен юридикалық ҳәм физикалық шахсларға төмендеги салықларды төлеўди кешиктириў ямаса бөлип-бөлип төлеў имканиятын бериў тәртиби белгиленген:

 

* мал-мүлк салығы;

* жер салығы;

* суў ресурсларынан пайдаланғанлығы ушын салық;

* айланыстан алынатуғын салық.

 

Нызам СКниӊ 100 ҳәм 101-статьяларына муўапық қабыл етилген ҳәм онда төмендегилер нәзерде тутылған:

 

салық төлеў мүддетлерин өзгертиў имканиятын бериў тәртиби;

 

жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты органлары тәрепинен салықларды төлеў мүддетлерин өзгертиў ҳаққындағы қарар жойбарын таярлаў тәртиби;

 

жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты органлары тәрепинен салықларды төлеў мүддетлерин өзгертиў ҳаққындағы қарарды қабыл етиў тәртиби;

 

Салықларды төлеў мүддетлерин кешиктириў ямаса бөлип-бөлип төлеў имканияты мәпли шахсқа, егер де оныӊ финанслык жағдайы бул салықты төлеўге имкан бермесе, бирақ көрсетилген салық төлеўшиде бундай салықты кешиктириў ямаса бөлип-бөлип төлеў ушын берилген мүддет даўамында төлеў имканияты жүзеге келеди деп шамалаў ушын жетерли тийкарлар (СК 100-с.) бар болғанда бериледи.

 

Салықларды төлеў мүддетлерин кешиктириў ямаса бөлип-бөлип төлеў имканиятын бериў ҳаққындағы арза ҳәм басқа зәрүр ҳүжжетлер мәпли шахс тәрепинен тийисли ўәкилликли органға электрон формада салық төлеўшиниӊ жеке кабинети арқалы тапсырылады.

 

Салықларды төлеў мүддетлерин кешиктириў ямаса бөлип-бөлип төлеў имканиятын бериў ямаса оны бериўди бийкарлаў ҳаққындағы қарар мәпли шахстан арза алынған күннен баслап 30 күн даўамында қабыл етиледи.

 

 

Салықларды төлеў мүддетлерин кешиктириў ямаса бөлип-бөлип төлеў имканиятын бериў ҳаққындағы қарарды қабыл етиў бойынша ўәкилликли органлар – Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық халық депутатлары Кеӊеслери.