Өзбекстан Республикасыныӊ 659-санлы Нызамы менен:
Айырым түрдеги салық төлеўшилер ушын мәжбүрий тәртипте ҚҚС төлениўи белгиленгенлигин инабатқа алған ҳалда айланыстан алынатуғын салық қолланылмайтуғын шахслар дизими толтырылды.
Ендиликте алкоголь өнимлери, сондай-ақ, пивоны усақлап сатыў бойынша турғын саўда шақапшалары ҳәм базар ҳәм саўда комплекслери қосымша қун салығы ҳәм пайда салығын төлеўшиси болып есапланады.
ҚҚС төлеўшиси сыпатында мәжбүрий тәртипте дизимнен өтиў ҳәм гүўалық алыў ушын салық төлеўшилер өзиниӊ жеке кабинети арқалы салық төлеўге өтиўи керек болған айдыӊ 5-сәнесинен кешиктирмей электрон арза жибериўи лазым.



