Салық кодексине киритилген ɵзгерис ҳәм қосымшалар ҳәм «2021-жыл ушын Ɵзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында»ғы Ɵзбекстан Республикасының Нызамы мазмуны ҳәм әҳмийетин исбилерменлер ҳәм кең жәмийетшиликке жеткериӯ мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик салық басқармасы тәрепинен семинар шɵлкемлестирилди.

Илажда салық тараӯы қәнигелери, исбилерменлер ҳәм ғалаба хабар қураллары ӯәкиллери қатнасты.
Семинарда қәнигелер тәрепинен Салық кодексине киритилген тийкарғы ɵзгерислер ҳәм қосымшалар ҳәм 2021-жылда салық нызамшылығындағы жаңалықлар ҳаққында қатнасыӯшыларға кеңнен мағлыӯматлар берилди.

Мысалға, қосымша қун салығын тɵлеӯши (ҚҚС) кәрханалар шеңберин кеңейтиӯ ҳәм ҚҚС шынжырының үзилиӯиниң алдын алыӯ мақсетинде түсим ɵлшемине қарамастан алкоголь ɵнимлери, сондай-ақ, пивоны усақлап сатыӯ бойынша турғын саӯда шақапшалары, базар ҳәм саӯда комплекслери ҚҚС тɵлеӯши кәрханалар есапланыӯы белгиленди.

-Бүгинги илажда ɵзимди қызықтырған сораӯларға қәнигелерден жетерлише жуӯап табыӯ менен бирге усынысларды да белдирдим, – дейди исбилермен Бекмурат Сейтмуратов. -Әлбетте бундай семинарлар, ушырасыӯлардың ɵткерилиӯи биз исбилерменлер ушын пайдалы болмақта.

Семинар даӯамында қатнасыӯшылардан келип түскен бәрше сораӯларға қәнигелер тәрепинен зәрүр түсиниклер берилди.
Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик салық басқармасы Мәлимлеме хызмети



