Салық кодексиниң 436-статьясына муўапық физикалық шахслардан алынатуғын жер салығынан төмендегилер азат етиледи 👉👉👉
✅ «Өзбекстан Қаҳарманы» , Бурынғы Аўқам Қаҳарманы, Мийнет Қаҳарманы атақларын алған, III дәрежедеги Шуҳрат ордени менен сыйлықланған пуқаралар;
✅ Урыс нәгиранлалары ҳәм қатнасыўшылары, сондай-ақ нызам ҳүжжетлери менен белгиленетуғын оларға теңлестирилген шахслар;
✅ I ҳәм II топар нәгиранлығы болған шахслар;
✅ Жалғыз пенсионерлер. Жалғыз ямаса ер жетпеген балалары менен ямаса нәгиран баласы менен бирге бөлек үйде жасаўшы пенсионерлер жалғыз пенсионерлер деп түсиниледи;
✅ Бағыўшысын жойтқан көп балалы шаңарақлар. Ата-анасынан бири ямаса ата-анасы дүньядан өткен ҳәм шаңарақта он алты жасқа толмаған бес ҳәм оннан артық балалары болған шаңарақлар салық салыў мақсетинде бағыўшысын жойтқан көп балалы шаңарақлар болып есапланады;
✅ Чернобиль АЭСдағы авария ақыбетлерин сапластырыўда қатнасқанлық ушын жеңилликлер алатуғын пуқаралар (сондай-ақ, ўақытша жиберилген ямаса хызмет сапарына жиберилген) пуқаралар;
✅ энергия ресурсларының әмелдеги тармақларынан толық үзип қойылған турақ жайларда қайта тикленетуғын энергия дереклеринен пайдаланыўшы шахслар – қайта тикленетуғын энергия дереклери орнатылган айдан баслап үш жыл мүддетке.



