Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик салық басқармасында «Ресурс салықлары ҳәкимшилиги» жɵнелиси бойынша қысқа мүддетли оқыў курслары болып ɵтти.
Илажда Ɵзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитетинен Ресурс салықлар ҳәкимшилиги басқармасы мәмлекетлик салық аға инспекторы Зухриддин Сулайманов, Мәмлекетлик салық комитети жанындағы Фискал институты Қәнигелик кафедрасы оқытыўшысы Ғанишер Рузиев, Мәмлекетлик салық комитети жанындағы Кадастр агентлигиниң Мәмлекетлик кадастрлары палатасы қәнигеси Маҳкамбек Ахмедов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик салық басқармасы қәнигелери тәрепинен Нɵкис қаласы ҳәм районларда хызмет етип атырған тараў хызметкерлерине салық нызамшылығындағы соңғы ɵзгерислер ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Атап айтқанда, салық объектлери ҳәм субъектлерин есапқа алыў ҳәм салық есаплаўда Кадастр агентлиги ҳәм басқа ўәкилликли уйымлардан алынған мағлыўматлар менен ислеў тәртиби, кɵшпес мүлк объктлери ҳәм жер участкаларын кадастр органларында дизимге алыў, дәстүрий ɵнимлерде қәлиплестириў ҳәм мағлыўмаьтларды салық органларына тапсырыў тәртиплери ҳаққында илаж қатнасыўшыларына кеңнен түсиниклер берилди.
Илаж қатнасыўшылары қәнигелерден ɵзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.




