Мен жеке тәртиптеги исбилерменмен, март айының басында түсим 1 млрд. сўмнан асты. Қосымша қун салығына қашан ɵтиўим керек?

 

Салық кодексиниң 462-статьясына муўапық салық дәўири даўамында товарларды (хызметлерди) ресализация қылыўдан алған жәми дәраматы бир миллиард сўмнан асқан жеке тәртиптеги исбилерменлер бундай ɵсим болған айдан кейинги айдың биринши сәнесинен баслап ҚҚС ҳәм пайда салығын тɵлеўге ɵтеди.

Усыған кɵре, бул исбилерменниң салық режими мәмлекетлик салық хызмети органлары тәрепинен 1 апрелден баслап улыўмабелгиленген тәртипте салық тɵлеўши режимине ɵзгертиледи.

Салық тɵлеўшилер Ɵзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети тәрепинен белгиленген тәртипте салық органларында ҚҚС тɵлеўшиси сыпатында арнаўлы дизимнен ɵтиўи керек.