Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик салық басқармасы басламасы менен Бердақ атындағы қарақалпақ мәмлекетлик унивкрситети экономика факултети студентлери ушын Нɵкис қаласы мәмлекетлик салық инспекциясында «Ашық есиклер күни» шɵлкемлестирилди.

Онда студент жасларға мәмлекетлик салық хызмети хызметкерлери ушын жаратылған шараятлар, хызмнткерлерди социаллық қоллап-қуўатлаў бағдарында әмелге асырылып атырған илажлар ҳәм жүклетилген ўазыйпалар ҳаққында кеңнен мағлыўматлар берип ɵтилди.

Илажда қатнасыўшылар, бүгинги күнде мәмлекетлик салық хызмети органлары хызметкерлериниң «Салықшы исбилерменге кɵмекши» принципи тийкарында жолға қойылған жумысы менен жақыннан танысты. «Ашық есиклер күни шеңберинде болажақ салықшыларға мәмлекетлик салық системасында корруцияның алдын алыў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў бағдарында әмелге асырылып атырған системалы жумыслар ҳаққында да мағлыўмат берилди.


Орынларда жасларды салық тараўында әмелге асырылып атырған жумыслар менен жақыннан таныстырыў мақсетинде мәмлекетлик салық хызмети органларында «Ашық есиклер күни» даўам етпекте.
Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик салық басқармасы Баспасɵз хызмети



