Тɵлемлер электрон тɵлем түрлери (PayMe, Click) арқалы қабыл етилгенде (кафе ҳәм дүкәнлардан тысқары) қайсы жумыс түрлеринде онлайн-ҚКМ болыўы ҳәм оннан чек берилиўи керек?

– Ɵзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 6-сентябрдеги ПП-5813-санлы Пәрманы ҳәм Халық пенен пуллы есап-китапларды әмелге асырыўда онлайн қадағалаў-касса машиналары ҳәм виртуал касса системасын қоллаў тәртиби ҳаққында нызамға муўапық (Ɵзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 23-ноябрдеги 943-санлы Қарары) халықтан тɵлемлерди қабыл етип алыўшы, сондай-ақ тɵлем терминаллары ямаса тɵлем системаларынан пайдаланған ҳалда қабыл етип алыўшы исбилерменлик субъектлери қарыйдарларға онлайн қадағалаў-касса техникалары чегин бериўи шәрт.

 

Усы мүнәсибет пенен, товар ушын қабыл етилген ҳәр бир тɵлем қабыл етигенде, сондай-ақ, бɵлип тɵлеў (мүддетли тɵлем) шәрти менен реализация қылынған товар ушын тɵлем қабыл етилгенде онлайн-ҚКМ ямаса виртуал касса чеги берилиўи лазым. Товар бɵлип тɵлеў (мүддетли тɵлем) шәрти менен сатылғанда, бул чекте кɵрсетилиўи керек, мәселен, товар аты кɵрсетилген қатарда усы тɵлем бɵлип тɵлеў шәрти менен сатылған товар ушын күнделикли тɵлем екенлиги кɵрсетилген ҳалда анықлық киритилиўи лазым.