Мәмлекетлик салық хызмети органлары хызметкерлери «ақыл гимнастикасы»нда беллести

Елимизде  шахматты халық арасында кеңнен ен жайдырыў ҳәм ғалабалық спорт түрине айландырыў, сондай-ақ, бул спорт түрин раўажландырыўды жаңа басқышқа алып шығыў бағдарында нәтийжели жумыслар алып барылмақта.

Мәмлекетлик салық хызмети органларында бул бағдарда бир қатар илажлар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, бүгин Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик салық органлары хызметкерлери арасында спорттың шахмат түри бойынша жарыс ɵткерилди.

«Мәмлекетлик салық басқармасы баслығы кубогы» спорт беллесиўлери шеңберинде ɵткерилген турнирда Нɵкис қаласы ҳәм барлық районлық мәмлекетлик салық инспекцияларында жумыс алып барып атырған хызметкерлер қатнасты.

Қызғын беллесиўлерге бай болған «ақыл гимнастикасы»нда Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик салық басқармасы бɵлими баслығы Имаматдин Оразбаев биринши орынды ийеледи. Оған жарыс шɵлкемлестириўшилери тәрепинен “Мәмлекетлик салық басқармасы баслығы кубогы” тапсырылды.

Басқарма бас инспекторы Уснатдин Камалов болса екинши орынды ийеледи. Үшинши орын Қараɵзек районы мәмлекетлик салық инспекциясы бас инспекторы Даўран Абдухаликовқа үшинши орын несип етти.

Турнирдиң барлық жеңимпазлары диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды. Сондай-ақ, жарыста белсене қатнасқан 10 хызметкери де алғыснама ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

ҚР МСБ Баспасɵз хызмети