Өзбекстан Республикасы бойлап исбилерменлик ҳәрекети анализи ҳәр айда Экономикалық изертлеўлер ҳәм реформалар орайы тәрепинен алынған мағлыўматлар тийкарында таллап барылады.
Мониторинг нәтийжелери бойынша Өзбекстан Республикасының салық түсимлери көлеми усы жылдың 1-мартынан 31-март сәнесине шекемги болған дәўирде өткен айдың усы дәўирине салыстырғанда 6 пайызға өсти.
Салық түсимлериниң сезилерли дәрежеде өсиўи бақланған аймақлар қатарында Қарақалпақстан Республикасы да орын алды. Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасында салық түсимлериниң 21,3 пайызға өсиўи бақланды.



