Қолайлы бизнес орталығын қәлиплестириў, ислеп шығарыўды раўажландырыў, орынларда жаңа жумыс орынларын жаратыў бул бүгинниң баслы талапларынан болып есапланады.
Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик салық хызмети органы хызметкерлери тәрепинен киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў мақсетинде бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.
«Салықшы исбилерменге кɵмекши» принципи тийкарында болса қала ҳәм барлық районлар бойлап исбилерменлик субъектлерин қоллап қуўатлаў, зәрүр жәрдем корсетиў әмелияты жолға қойылған.

Атап айтқанда, исбилерменлер менен биргеликте ислесиў процесинде оларға жумыслары бойынша дәслепки бухгалтерия есабын жүритиўде түсиндириў ҳәм кɵрсетпелер бериў менен бир қатарда айланба қаржысы жетерли болмаған исбилерменге хызмет кɵрсетиўши банклерден кредит ресурсларын алыўларында кɵмек берилмекте.

Буннан тысқары, исбилерменлердиң коммунал хызмет, электр-энергиясы тәмийнаты, жер майданы ажыратылыўы ҳәм басқа сол сыяқлы жумысын баслаўдағы ушырасып атырған машқалаарын унамлы шешилиўинде әмелий жәрдем бериў де даўам еттирилмекте

Салық хызмети-инсаплы салық тɵлеўшиниң исенимли шериги!



