Қолайлы бизнес орталығын қәлиплестириў, ислеп шығарыўды раўажландырыў, орынларда жаңа жумыс орынларын жаратыў бул бүгинниң баслы талапларынан болып есапланады.
Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик салық хызмети органы хызметкерлери тәрепинен киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў мақсетинде бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.
«Салықшы исбилерменге кɵмекши» принципи тийкарында болса қала ҳәм барлық районлар бойлап исбилерменлик субъектлерин қоллап қуўатлаў, зәрүр жәрдем корсетиў әмелияты жолға қойылған.

-Республикамызда мебель ɵнимлерин ислеп шығарып ɵз үлесимизди қосып киятырмыз. Сондай-ақ, салық тɵлемлерин ўақтында тɵлем, есабатларды да кешиктирместен тапсырып келмектемиз. Әлбетте, биз сыяқлы исбилерменлер тарепинен салықлардың ўақтында тɵлениўи ата-аналарымыздың пенсияларының ўақтында берилиўине, айлық ҳәм басқада керекли қаржы талап салаларға бағдарланады,-дейди исбилермен Мурат Тәңирбергенов.
Атап айтқанда, исбилерменлер менен биргеликте ислесиў процесинде оларға жумыслары бойынша дәслепки бухгалтерия есабын жүритиўде түсиндириў ҳәм кɵрсетпелер бериў менен бир қатарда айланба қаржысы жетерли болмаған исбилерменге хызмет кɵрсетиўши банклерден кредит ресурсларын алыўларында кɵмек берилмекте.
Нɵкис қаласынан пуқараларға тислерди емлеў хызметлерин кɵрсетиў мақсетинде ɵз исбилерменлик жумысын жолға қойған Алпамыс Керимназаров жумысын дәслеп еки хызметкер менен баслады. Кейиншелли жаңа жумысларын жаратыў, соңғы үлгидеги үскенелерди шет мәмлекетлерден алып келиў ҳәм сол арқалы хызмет кɵрсетиў сапасын арттырыў мақсетинде бул исбилерменге қаржы керек болды ҳәм бул мүрәжатын ол аймақлық мәмлекетлик салық инспекциясына билдирди. Оның мүрәжаты қәнигелер тәрепинен үйренип шығылып, оған жеңиллетилген кредит алыныўға жәрдем берилди.

-Жумыс баслағанымда даслеп қыйыншылықлар болды. Кейиншелли мәмлекетлик салық хызметкерлери келип маған ɵз жәрдемлерин берип турды. Ҳәзирги күнде де есабатларымызды дурыс тапсырыўда кɵмек берип келмекте. Кредит алғанымнан кейин жаңа жумыс орынларын ашып 9 адамды турақлы жумыс пенен тәмийинледим,- дейди жас исбилермен Алпамыс Керимназаров биз бенен сәўбетте.
Буннан тысқары, исбилерменлердиң коммунал хызмет, электр-энергиясы тәмийнаты, жер майданы ажыратылыўы ҳәм басқа сол сыяқлы жумысын баслаўдағы ушырасып атырған машқалаарын унамлы шешилиўинде әмелий жәрдем бериў де даўам еттирилмекте.


Салық хызмети-инсаплы салық тɵлеўшиниң исенимли шериги!



