Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 21-апрель күнги “Исбилерменликти қоллап-қуўатлаў системасын раўажландырыў, исбилерменлик орталығын жәнеде жақсылаў бойынша қосымша ис-иләжлар туўрысында”ғы ПҚ-5087-санлы қарарына тийкарланып, 2021-жыл 1-май жағдайына қәлиплескен сыртқы саўда операциялары бойынша мүддети өткен дебиторлық қарзыдарлык ушын хожалық жүритиўши субъектлерге жәриймалар қоллаў тоқтатылды. Бәрше дебиторлық қарыздарлықлардың пайда болыў мүддетлери 2021-жыл 1-майдан баслап жаңадан есапланатуғын болды.
Сондай-ақ, шет елден сырт ел валютадағы түсим түсиўи кешиктирилиўине жол қойған экспортёрлар ҳәм «еркин айланысқа шығарыў» бажыхана режиминде товарларды алып кириў ҳәм рәсмийлестириў, ислерди орынлаў ямаса хызметлер көрсетиўди өз ўақтында тәмийинлемеген импортёрларға нызамшылықта белгиленген жәрийма муғдары еки есеге кемейтирилди.
Усы қарар менен берилган жеңилликлер нәтийжесинде Қарақалпақстан Республикасы бойынша 2021-жыл 1-май жағдайына 69 кәрхананың 85 сыртқы саўда шәртнамалары бойынша қолланылыўы мүмкин болган 413 341,1 АҚШ доллар, яғный 4 349,4 млн.сўмлық жәриймаларды қоллаў тоқтатылды.
Буның нәтийжесинде усы кәрханалар ықтыярында сонша қаржы қалдырылды ҳәмде дебитор қарыздарлық пайда болыў мүддетлери 2021-жыл 1-майдан баслап есапланыўы нәтийжесинде қосымша 60 банк күни, 180 күн ҳәм 365 күн мүддетлар аралығында кәрханалар тәрепинен шет елдеги шериклери менен өз-ара есап-китаб қылыўлары ҳам дебиторлық қарызларын өндириў ушын қосымша имканият жаратылды.
ҚР МСБ Баспасɵз хызмети



