Өзбекстанда 2021-жыл 1-июльден пуқараларға СТИН бериў бийкар етиледи

Электрон система арқалы алыў имканияты болған мағлыўматларды қағаз көринисинде алыў, жумысын шөлкемлестириў ушын әҳмийетли болмаған ҳүжжетлерди талап етиўди шеклеў сыяқлы ҳәкимшилик тосқынлықларды сапластырыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 23-марттағы ПП-6191-санлы Пәрманы қабыл етилген.

Усы пәрман менен 2021-жыл 1-июньнен баслап мәмлекетлик уйымлар, шөлкемлер ҳәм мәкемелер тәрепинен халықтан салық төлеўши физикалық тәреплердиң мәмлекетлик салық хызмети уйымларында есапқа қойылғанлығы (СТИН алғаны) фактлерди тастыйықлаўшы ҳүжжетлерди талап етиў бийкар етилди.

Яғный, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер физикалық тәреплерге мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўде, жумысқа қабыл етиў процесинде ҳәм басқа да ҳәкимшилик тәртип-қағыйдаларын әмелге асырыўда физикалық тәреплердиң салық уйымларында есапқа қойылғаны салық уйымынан еркин түрде ямаса «Электрон ҳүкимет» системасы уйымлараралық интергацияласыў платформасы арқалы сорап алыў керек.

Сондай-ақ, пәрман менен 2021-жыл 1-июньнен баслап 16 жасқа толған шахсларға идентификация ID-карталарын бериў оларды салық уйымларында салық төлеўши сыпатында есапқа қойыў менен бир ўақыттың өзинде әмелге асырылатуғыны белгиленди.

Усыған тийкарланып, 2021-жыл 1-июльден баслап салық уйымларында салық төлеўшилердиң есабын жүргизиў физикалық тәрептиң жеке идентификация номеринен пайдаланған ҳалда әмелге асырыўға өтиледи.

Яғный, салық төлеўшиниң идентификация номерин (СТИН) бериў бойынша мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў бийкар етиледи.

Физикалық тәрептиң жеке идентификация номери барлық мәмлекетлик, банк, социаллық ҳәм басқа да хызметлерди көрсетиўде пуқараның шахсын тастыйықлаўшы бирден-бир идентификатор есапланады ҳәм мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлер тәрепинен физикалық тәреплерди идентификациялайтуғын өз алдына номерлерди жүргизиў қадаған етиледи.