2021-жыл 1-июльдан баслап:
орта билимлендириў медицина қәнигелерине ɵзин ɵзи бәнт етиў тийкарында «медсестралық жумысы» менен ғәрезсиз шуғылланыў ушын рухсат бериледи (ПП-6155-сан (https://lex.uz/docs/5260791), 03.02.2021);
салық тɵлеўшиниң идентификация номерин (СТИН) бериў бийкар етилди. Салық органларында салық тɵлеўшилердиң есабын жүритиў физикалық шахстың жеке идентификация номери (ПИНФЛ – ФШЖИН) арқалы әмелге асырыўға ɵтиледи
(ПП-6191-сан (https://lex.uz/docs/5339616), 23.03.2021);
тийкарғы жумыс түри қусшылық болған исбилерменлик субъектлери ушын салық жеңилликлери қолланылады
(ПҚ-5146-сан (https://lex.uz/pdfs/5457613) 14.06.2021);
турмыслық буйымларды санлы маркировкалаў бойынша тәжирийбе жойбары старт алады
(Министрлер Кабинетиниң 322-санлы қарары (https://lex.uz/docs/5429990) 20.05.2021);
мәмлекетлик уйымлар, сондай-ақ Мәмлекетлик салық комитети ҳәр шеректе Ɵзбекстан Республикасы Ашық мағлыўматлар порталында ҳәм ɵзиниң рәсмий веб-сайтында бир қатар мағлыўматларды жайластырады.
(ПП-6247-сан (https://lex.uz/docs/5459107), 16.06.2021)



