Усы жылдың 26-август күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз отыз төртинши сессиясында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев қатнасып, кейинги алты жыл даўамында басқа аймақларға салыстырғанда ең көп, яғный тоғыз мәрте Қарақалпақстанға келип, бул жердеги ақсақаллар, исбилерменлер, жаслар ўәкиллери менен көплеген сәўбетлесиўлер өткергенин атап өтти.
Усы дәўирде Қарақалпақстанды комплексли раўажландырыўға қаратылған 31 пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилди. Аймақта исбилерменлик субъектлериниң саны 2 есеге артты, дерлик 4,5 мың инвестициялық жойбарлар иске түсирилди.
Қарақалпақстанда ишимлик суўы тәмийнаты 40 проценттен 68 процентке, мектепке шекемги билимлендириў менен қамтыў дәрежеси 32 проценттен 76 процентке, халықтың дәраматлары жан басына 2 есеге артты. 2017-2021-жылларда 26 мың 400 турақ жай қурылды.
Бирақ сонша ҳәрекетлерге, Қарақалпақстанға ажыратылып атырған үлкен қаржыларға қарамастан, ишимлик суўы, ишки жоллар, электр тәмийнаты, жумыссызлық, баҳа сыяқлы мәселелерде машқалалар сақланып атырғаны сынға алынды.
Сессияда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы лаўазымына талабан Аманбай Орынбаевтың аймақтағы машқалаларды шешиў ҳәм аймақты раўажландырыў бойынша режелери тыңланып, талабан Қарақалпақстанда исбилерменликти, аграр тараўды ҳәм инфраструктураны раўажландырыў, санаат жойбарларын көбейтиў, халықты социаллық қорғаў, билимлендириў ҳәм жасларды қоллап-қуўатлаў бойынша усынысларын билдирди.
Президентимиз бул усынысларды мақуллап, оларды әмелге асырыў ушын тек ғана Қарақалпақстан ушын пайда салығы, айланба салық, мүлк ҳәм жер салығы ставкаларын 2 есеге қысқартыўға көрсетпе берди.
– Мейли, қаржы бюджетке түспесин, шаңарақларға түссин, – деди Президентимиз.
Пахта ҳәм ғәлле майданларын қысқартып, ҳәр бир шаңараққа 2 гектардан жер ажыратыў, Нөкис қаласында санаат технопаркин ҳәм районларда исбилерменлик зоналарын шөлкемлестириў, жолларды оңлаў, электр, газ ҳәм суў тәмийнатын жақсылаў бойынша ўазыйпалар тапсырылды.
– Мине жоқары исеним, үлкен үмитлер менен жаңа Баслық сайладық, – деди Президент. – Енди ол әдиллик, садықлық, жуўапкершилик ҳәм тәртип-интизамды өз жумысына өлшем етип алыўы керек. Халқымыз кеңпейил. Ўатан жалғыз! Бирлессек ғана алдымызға қойған үлкен-үлкен шеклерге, әлбетте, ерисемиз.
Сессияда Президентимиз тәрепинен усыныс етилген салыққа байланыслы жеңилликлер халықымызға оғада мақул түсти әлбетте. Cебеби, республикамыз аймағында жайласқан исбилерменлик субъектлерине көплеген имканиятлар жаратыў мәселелери көрилди.
Тийкарынан, Қарақалпақстан Республикасы аймағында жайласқан исбилерменлик субъектлерин раўажландырыў мақсетинде төмендегише салық жеңилликлерин қолланыў бойынша қарар жойбарларын таярлаў ҳәм усыныў бойынша тапсырмалар берилди.
Берилип атырған салық жеңилликлери нәтийжесинде, исбилерменлик субъектлеринде салық жүги еки есеге азайыўы күтилип, Республика бойынша 18731 исбилерменлик субъектлеринде 201,2 миллиард сум қаржы кәрханалардың иқтыярында қалыўы күтилмекте. Салық түрлери кесиминде алып қарағанымызда пайда салығының ставкасын 15 проценттен 7,5 процентке азайтыў нәтийжесинде 2719 исбилерменлик субъектинде жыллық 77,8 миллиард сум қаржылар кәрханалардың есабында қалыўы күтилмекте.
Нөкис қаласы аймағында айланыстан алынатуғын салық ставкасын 4 проценттен 2 процентке түсирилиўи нәтийжесинде 2132 исбилерменлик субъектлеринде 12,1 миллиард сум қаржы, районларда жайласқан исбилерменлик субъектлери ушын айланыстан алынатуғын салықлардың ставкасының 2 проценттен 1 процентке түсирилиўи нәтийжесинде 7034 исбилерменлик субъектлеринде 20,5 миллиард сум қаржы, сондай-ақ, алыс аймақларда жумыс алып баратуғын исбилерменлик субъектлери ушын айланыстан алынатуғын салықлардың ставкасын 1 проценттен 0,5 процентке түсириў нәтийжесинде 839 исбилерменлик субъектте 2,0 миллиард сум қаржылар кәрханалардың есабында қалыўы күтилмекте.
Исбилерменлик субъектлери ушын жер‑мүлк салығының ставкасының еки есеге азайыўы нәтийжесинде исбилерменлик субъектлеринде 88,9 миллиард сум қаржы кәрханалардың есабында қалатуғын болды.
Ҳәзирги ўақытта бул илажларды әмелге асырыўдың ҳуқықый тийкарлары жаратылмақта.
Әлбетте, бул жеңилликлер республикамызда исбилерменликтиң жедел раўажланыўы, кәрханалар санының көбейиўине алып келеди. Соның нәтийжесинде, халқымыздың турмысы және де жақсыланады.
Салық хызмети уйымлары да елимизде әмелге асырылып атырған усындай ийгиликли жумысларда, реформалардың нәтийжели әмелге асырылыўында белсендилик көрсетип, елимиздиң еле де гүллениўи ушын бар күш-жигерин аянбай хызмет ете береди.
Халмурза Бекчанов,
Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасының баслығы.



