Утыcлы чек ойынлары – шәртлер ҳәм талаплар

Мәмлекетимиз Президентиниӊ “Жасырын экономиканы қысқартыў ҳәм салық уйымларыныӊ жумыс нәтийжелилигин арттырыў бойынша шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманына муўапық Мәмлекетлик салық комитетиниӊ онлайн қадағалаў-касса машиналары (онлайн ҚКМ) ҳәм виртуал касса чеклери қатнасыўындағы утыслы ойынларда Өзбекстанныӊ бәрше аймақларындағы тутыныўшылар қатнасыўы мүмкин.

Ойында қатнасыў шәртлери:

Биринши адым – онлайн ҚКМ ямаса виртуал касса менен үскенеленген шақапшадан сатып алынған өним (хызмет) ушын QR кодлы чек алыў;

Екинши адым – SOLIQ мобил қосымшасында чектиӊ QR кодын сканер қылыў ямаса 12 саннан ибарат фискал белгини 1077 қысқа номерине SMS тәризинде жибериў.

Чекти дизимнен өткериў сәтли жуўмақланғаннан кейин, Сиз утыслы ойын қатнасыўшысына айланасыз. Утыслы ойын өткерилетуғын күни қатнасыўшыларға чектиӊ дизимге алынған саны жибериледи.

Ҳәр бир тутыныўшы бир саўда шақапшасынан бир күнде тек еки мәрте, сатып алынған өним муғдары 1000 (мыӊ) сўмнан кем болмаған чекти дизимнен өткериўи мүмкин.

Онлайн ҚКМ чеги 

Утыслы чек ойынлары қатнасыўшыларына қойылатуғын талаплар:

– дизимнен өткерилген QR кодлы чеклерди таслап жибермеслик ҳәм оны сап ҳалында  сақлаў лазым.

– жеӊимпазлар саўғаны алыўы ушын утыслы чекти сап ҳалында ҳәм шахсты тастыйықлаўшы ҳүжжети менен келиўлери шәрт.

Әҳмийетли! Чектиӊ нусқасы, жыртылған ямаса жазыўлары өшип кеткен, жарамсыз жағдайдағы чеклер ҳақыйқый есапланбайды. Утыс шыққан жағдайда, бундай чеклер саўға бериў ушын тийкар бола алмайды.

QR кодлы чеклер қаерде бериледи?

Бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасы бойлап түрли саўда ноқатларында орнатылған 3,5 мыӊнан артық онлайн ҚКМ ямаса виртуал касса дизимге алынған.

Ҳәзирше бәрше дәриханалар, автомобиллерге жанылғы қуйыў шақапшалары, темеки ҳәм алкоголь өнимлери саўдасы менен шуғылланыўшы саўда ноқатларында ҳәм ири саўда тармақларында онлайн ҚКМ ямаса виртуал кассадан бири орнатылған. Тутыныўшыларға қолайлылық жаратыў мақсетинде  SOLIQ мобил қосымшасында смарт касса орнатылған шақапшалар бойынша излеў (геолокация) функцияси жаратылған.

Кимлер қатнасады?

Утыслы чек ойынларында Өзбекстан Республикасыныӊ барлық аймақларындағы тутыныўшылар қатнасыўы мүмкин.

Егер жеӊимпазлар арасында 18 жасқа толмаған ҳәм қарым-қатнасқа жарамсыз физикалық шахслар анықланса, утыслар олардыӊ нызамлы ўәкиллери тәрепинен ўәкиллигин тастыйықлаўшы ҳүжжетлерди көрсеткен ҳалда алыныўы мүмкин.

Жеӊимпаз болыў имканияты сатып алған өним ямаса көрсетилген хызмет муғдарына байланыслы емес. Чеклер саны жеӊимпаз болыў имканиятын арттырады.

Не утыў мүмкин?

Ҳәр бир тиражда төмендеги утыслар ойналады:

  • 1 автомобил Chevrolet Nexia 3;
  • 3 телевизор;
  • 3 кир жуўыў машинасы;
  • 3 кондицонер;
  • 3 газ плита;
  • 3 үтик;
  • 4 велосипед.

Утыслар мәмлекетлик салық комитетинде салтанатлы түрде тапсырылады. Мәмлекетимиздиӊ узақ аймақларында жасаўшы тутыныўшылар утысларды тапсырыў мәресиминде қатнаса алмаған жағдайда, утыслы чек ойынлары шөлкемлестириўшилери утысларды ийесине аймақлық мәмлекетлик салық басқармалары арқалы жеткерип береди.

 

Бунда утыс ийелери утыс ушын физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығынан азат болады

Ҳүрметли тутыныўшылар, егер Сиз өним ямаса хызмет ушын чек бермеслик жағдайларына дус келсеӊиз, Мәмлекетлик салық комитети тәрепинен иске түсирилген “Soliq hamkor” («Налоговый партнер») мәлимлеме системасы арқалы хабар бериӊ.

Дәстүр бир неше жөнлисте аралықтан бирге ислесиўди усынады:

– @soliq_hamkor_bot – телеграм-боты;

– my.soliq.uz (https://my.soliq.uz) – электрон салық хызметлери порталы;

– “Soliq hamkori” – SOLIQ  мобил қосымшасы бөлими.

Буннан тысқары, салық хызмети органларыныӊ “исеним телефоны” – (71) 244-98-98 номерине мүрәжат етиӊ.

Салық органлары Сизиӊ ҳуқықыӊызды қорғайды.

Еслетип өтемиз, Салық кодексиниӊ 221-статьясына муўапық, чек бермеслик 5 миллион сўм жарийма салыўға себеп болады.

Чеклерди талап етиӊ, дизимнен өткериӊ, сақлап қойыӊ ҳәм утыслы ойын қатнасыўшысына айланыӊ!

 

ҚР МСБ Баспасөз хызмети