Президент Мүрәжаты: 2021-жылда салық тараўында нелер өзгереди?

🔹Келеси жылда “Салықшы – көмекши” принципи тийкарында исбилерменлер ушын олардыӊ бизнес шеригиниӊ салық қарыздарлығы ҳаққындағы мағлыўматларды алыў имканияты жаратылады.
🔹Исбилерменлерге және де қолайлылық жаратыў мақсетинде 105 лицензия ҳәм рухсатнама түрлери бийкар етиледи, 115 и бойынша болса тәртип-қағыйдалары әпиўайыластырылады.
🔹Пандемия шараятында айланба қаржы жетиспеўшилигине дус келген исбилерменлеримиз «аяққа турып алыўлары» ушын оларға көмек бериў даўам еттириледи.
🔹Туризм, транспорт ҳәм улыўма аўқатланыў тараўларына берилген жеӊилликлер 2021-жыл жуўмағына шекем узайтылады.
🔹20 мыӊ исбилерменниӊ 400 миллиард сўмлық жер ҳәм мал-мүлк салығын төлеў мүддети және бир жылға узайтылады.