Шоманай районы мәмлекетлик салық инспексиясының Салық қадағалаў бөлими хызметкерлери тәрепинен Шоманай районы аймағындағы исбилерменлик субъектлери арасында усы жылдың 5-январь сәнесинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жил 6-сентябрьдеги “Саўда ҳәм хызмет көрсетиў тараўындағы есап-китаплар системасына заманагөй мәлимлеме технологияларын енгизиў ҳәм усы тараўда жәмийетшилик қадағалаўын күшейтиў илажлары ҳаққында”ғы пәрманыны мазмун-мәниси ҳәм әҳмийетин түсиндириў мақсетинде үгит-нәсият жумыслары алып барылды.
Атап айтқанла, 2022-жылдың 5-январь сәнесинде Шоманай районы “Дослық гүзары” кɵшеси номерсиз жайдадағы “КИТАПЛАР ӘЛЕМИ” саўда орнындағы жеке исбилермен Г.С. ийелигиндеги дүкәнында район мәмлекетлик салық инспекциясы хызметкерлери тәрепинен Президентимиздиң 5813-санлы Пәрманын түсиндириў жумыслары алып барылды.
Сондай-ақ, исбилерменге буннан алдын Шоманай районы мәмлекетлик салық инспекциясы хызметкерлери тәрепинен салық нызамшылығындағы ɵзгерис ҳәм жаңалықлар жеткерилип, ескертиўлер де берилгенлигине қарамастан, жеке исбилермен тәрепинен саўда орнына онлайн қадағалаў касса машинасы орнатылмағанлығы, буннан тысқары жалланба жумысшы ушын гүўалық ашылмағанлығы анықланды. Исбилерменге Ɵзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 6-сентябрдеги Пәрманына муўапық исбилерменлик субъектлериниң жумыс түри ҳәм айланба қаржысына көре, онлайн-ҚКМ ямаса виртуал кассадан пайдаланыўға өтиў мүддетлери белгиленгенлиги ҳәм бәрше исбилерменлик субъектлери 2022-жыл 1-январдан баслап онлайн қадағалаў-касса машинасы ямаса виртуал касса менен тәмийинлениўи зәрүрлиги ҳаққында түсиник жумыслары алып барылды.
Буннан тысқары мүрәжатта корсетилген жағдай яғный дүкән ийесиниң бир неше айлардан берли саўда орнына сатыўшы жаллап саўда хызметин кɵрсетип киятырғанлығы аймақ турғынларына да сыр емес. Бирақ бул жалланба жумысшыларға да гүўалық ашылмаған. Бул ҳалатты сапластырыў яғный жалланба жумысшы ушын гүўалық аштырыў зәрүрлиги ҳаққында да салық хызметкерлери тәрепинен исбилерменге бир неше мәретебе ескетиў берилген.
Еслетип ɵтемиз, онлайн-ҚКМны қарыйдарға да, сатыўшыға да бирдей қолайлылық жаратады. Оның чеклеринде сатып алынған өнимлер (хизматлер) дизими, баҳасы, саны, чек ҳәм касса аппараты номери көрсетиледи. Буннан тысқары, QR-код жәрдеминде чектеги мағлыўматларды электрон мағлыўматлар менен салыстырыў имканияты да болады. Сондай-ақ, исбилерменлик субъекти ушын товар айланбасы ҳаққында анық мағлыўматлар сақланып қалады. Бир сөз бенен айтқанда, артықша қағазбазлық ҳәм ўақыт сарыпланыўының алдын алады.
Сондай-ақ, Ɵзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 4-октябрьдеги “Усақлап сатыў саўда ҳәм хызмет көрсетиў тараўында қадағалаў-касса техникасынан пайдаланыўды жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында”ғы қарарына муўапық 2022-жыл 1-январьдан сатып алыў чегин алған пуқаралар хошаметлениўи белгиленген. Яғный усақлап сатыў саўдасы, улыўма аўқатланыў ҳәм халыққа турмыслық хызмет көрсетиў объектлеринде сатып алған өними ушын алынған чектиң фискал белгисин “Soliq” мобил қосимшасында матрицалы штрих код (QR-код) жәрдеминде сканерлеў арқалы дизимнен өткерген физикалық шахсларға ай жуўмағы менен сатып алыў суммасының 1 пайызы қайтарылып бериледи.
Исбилерменниң нызамсыз ҳәрекети ямаса саўда орына онлайн ҚКМ орнатпаслық ҳәм бул арқалы хызмет кɵрсетпеслик пуқаралардың тутыныўшы сыпатындағы ҳәм қарарда кɵрсетилген имканиятлар бойынша пайданаланыў ҳуқықын тиккелей шеклеп қойыўы сɵзсиз. Исбилермен бул ҳәрекети менен тек ɵзине ғана емес, бәлки қарыйдарларға да қолайсызлық туўдырары анық.
Соның менен бирге, Қарарға муўапық, 2022-жыл 1-январьдан исбилермен тәрепинен сатып алыўшыға чеклерди ямаса оларға теңлестирилген ҳүжжетлерди берместен товарларды сатыў ҳәм хызметлер көрсетиў, қәлбеки маркировка қолланыў ямаса маркировка жоқ екенлиги ҳаққында салық уйымларына арнаўлы бағдарлама арқалы хабар берген физикалық шахсларға өндирилген жәрийманың 20 пайызы муғдарында сыйлық төлениўи белгиленген.
Орынларда мәмлекетлик салық хызмети органы хызметкерлери тәрепинен исбилерменлик субъектлери арасында Онлайн қадағалаў-касса машиналарынан пайдаланыў тәртибине өтиўдиң абзаллықлары ҳаққында профилактикалық түсиндириў жумыслары даўам етпекте.
Салық хызмети – инсаплы салық тɵлеўшилердиң исенимли шериги.
Шоманай районы мәмлекетлик салық инспекциясы жәмәәти.



