Қарақалпақстан Республикасы исбилерменлери ушын салық жеңилликлери

#социаллық_салық
#2023_жылдан_исбилерменлер_ушын_салық_жеңиллиги

2023-жыл 1-январдан 2028-жыл 1-январға шекем болған дәўирде (https://t.me/qrmsb/9013):

📍Социаллық салық

Социаллық салық ставкасы 12 %тен 1 %ке азайыўы нәтийжесинде 13 844 исбилерменлик субъектинде 63, 2 млрд.сум қаржылар ықтыярында қалыўы күтилмекте.

🧮 Мысалы: Жуўапкершилиги шекленген жәмиетиның жылына орташа 620 ислеўши хызметкерге 16884,1 млн.сум ис ҳақы фонды есапланып, әмелдеги ставка бойынша (16 884 млн.сум*12%) 2026,1 млн.сум салық есапланған болса ендигиден былай (16884 млн.сум*1%) 168,9 млн.сум салық төлейды. Жәмийет ықтыярында 1857,2 млн.сум қаржы қалыўы күтилмекте.

Қарақалпақстан Республикасы салық басқармасы Мәлимлеме хызмети