2020-жылда да физикалық шахслардың мал-мүлкине салынатуғын салық мал-мүлктиң кадастр баҳасынан есапланыўы сақланып қалынды. Яғный, физикалық шахслар усы жылда ийелигиндеги мал-мүлк ушын төмендеги ставкаларда салық төлейди👉👉👉
✅ турар жайлар, квартиралар, ҳәўли қурылмалары (улыўма майданы 200 кв.метрден артық болғанлары буған кирмейди), басқа имаратлар, ханалар ҳәм биналар ушын кадастр баҳасынан 0,2% муғдарында;
✅ қалаларда жайласқан, улыўма майданы 200 кв.метрден 500 кв.метрге шекем болған турар жай ҳәм квартираларға 0,25% муғдарында;
✅ майданы 500 кв.метрден артық болған турар жай ҳәм квартиралар ушын кадастр баҳасынан 0,35 % муғдарында;
✅ басқа елатлы пунктлеринде жайласқан улыўма майданы 200 кв.метрден артық болған турар жай ҳәм квартиралар, дала ҳәўли қурылмалары ушын кадастр баҳасынан 0,25% муғдарында мал-мүлк салығы салынады.
🔷 Мысал ушын: мүлктиң улыўма майданы 180 кв.метр ҳәм кадастр баҳасы 60 миллион сум. Бул ҳалатта бир жылға физикалық шахслар ушын 120 мың сум муғдарында мал-мүлк салығы есапланады.



