Хабарыӊыз бар, Хожели районын социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм инвестициялық потенциалын арттырыў сондай-ақ район турғынларыныӊ машқалаларын үйренип шығыў ҳәм тезлик пенен шешимин табыў мақсетинде Хожелиде Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитетиниӊ арнаўлы штабы шөлкемлестирилген еди.
Арнаўлы штаб аймақты экономикалық раўажландырыў, жаӊа ислеп шығарыў кәрханаларын шөлкемлестириў ҳәм социаллық объектлерди қурыў бойынша жойбарларды әмелге асырыў жумысларын даўам еттирмекте.
Атап айтқанда, Хожели районы «Саманкөл» аўыл пуқарала жыйыны аймағында балалар бақшасы болмағанлығы себепли аймақ турғынлары балаларын узақтағы (район орайында)ғы балалар бақшасына перзентлерин алып барыўы, алып қайтыўы қыйыншылық туўдыратуғын еди. Арнаўлы штаб тәрепинен исбилерменлик жумысын басламақшы болған Бибиасия Ашиковаға жаӊадан «Лайлакча» атлы мәмлекетлик емес шаӊарақлық мектепке шекемги билимлендириў шөлкемин ашыўға штаб тәрепинен әмелий жәрдем берилди. Ендиликте бул АПЖ балаларына алыстағы балалар бақшасына қатнамастан, үйлериниӊ жанындағы балалар бақшасында тәрбияланыўына мүмкиншилик жаратылды.
Сондай-ақ, «Мустақыллық» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында да жаӊадан «Мўжиза» балалар бақшасыныӊ шөлкенмлестирилиўи де балаларға әлем-әлем қуўаныш сыйлады.
Районда арнаўлы штаб тәрепинен пуқаралар мүрәжатларын қабыл етиў ҳәм тезлик пенен тийисли шешимин табыў жумыслары даўам етпекте.

ҚР МСБ Мәлимлеме хызмети



