Коррупция-дәўир машқаласы

Коррупцияға қарсы гүресиў бүгин пүткил дүнья бойлап баслы мәселелерден бири болып есапланады. Бул иллеттиӊ келип шығыўыныӊ алдын алыў ҳәм болдырмаў мақсетинде елимизде ҳәр бир тараўда түпкиликли реформалар әмелге асырылмақта.

 

Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик салық басқармасы мәжилислер залында тараў хызметкерлери, исбилерменлер ҳәм ғалаба хабар қураллары қатнасыўында “Коррупция-дәўир машқаласы” атамасында ушырасыў өткерилди.

 

Илажда басқарманың Өз қәўипсизлиги ҳәм комлаенс қадағалаў бөлими тәрепинен коррупцияның мазмун-мәниси, нызам алдындағы аянышлы ақыбетлери, соныӊ менен бирге салық уйымлары хызметкерлери арасында коррупциялық жағдайлардыӊ алдын алыў мақсетинде алып барылып атырған жумыслар ҳаққында илаж қатнасыўшыларына толық мағлыўмат берилди.

Ушырасыў даўамында ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ҳәм исбилерменлер өзлериниң қызықтырған сораўларына тараў қәнигелеринен жуўаплар алды.

 

 

Бундай илажлар республикамыздың барлық қала ҳәм район ҳәм қалалық  мәмлекетлик салық инспекцияларында  даўам етпекте.

 

ҚР МСБ Баспасөз хызмети